ЗАЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Көпшиликтиң жыйналыўы ушын арналған үлкен жай, бөлме (концерт залы, суд залы т.б.).
Тал жипектей суўдыраған даўысың, Жанды тербеп жаңғыртқанда зал ишин (К.Султанов).
Суд ағзалары келип орынлы-орнына отырғаннан кейин ғана залда ғылар отырды (Қ.Ирманов).
2. Жеке ҳәм көп қабатлы үйлерде қонақ қабылдаўға арналған үлкен бөлме, өжире.