ЖҮРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир жерден екинши жерге барыў.
Жүриңиз, анаў ағарып турган ақ жайға барайық (Ж.Сейтназаров).
2. Аралаў, гезиў, басып өтиў.
Куўанғаннан күлип айтаман қосық, Көп жүрген мәканым сенсең, Кәкшийел (С.Нурымбетов).
3. грамм.
Басқа сөзге қосылып келип көмекши фейил ўазыйпасын атқарып келиўи.
Бир ҳәптеге шекем Базарханның аяғы жазылмай жүрди (Ө.Хожаниязов).
4. аўыс. Хызмет етиў, нийет етиў (басқа биреў ушын).
Соннан бери мен кул больш, Кеўилим ҳәм дәртке толып, Өмиримше жүрмен бунда, Жас кеўилим гүлдей солып (Бердақ).