⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖҮГИНИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Еки дизесин бүгип отырыў, дизерлеў, табыныў. Айымжамал да шеп жағыма келип саққа жугинди (Ө.Хожаниязов). Отырыңыз, тақсыр, отырыңыз деп, дийқанлар жугинип, кими қапшығын, кими шапанын жерге төсеп атыр (К.Султанов). 2. Даўласыўшы еки адамның өз тәғдирин ғәрезсиз үшинши бир инабатлы адамға шештириўи. Қызыл гегирдек болып екэўимиздиң даўласыўымыздан ҳеш нәрсе шыққайды, буны шешиў ушын усы аўылдың жас үлкенине жугиниўимиз керек. 3. аўыс. Бағыныў, бойсыныў, мойынсыныў.