⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖЫҒЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Гүресте басым келип жеңиў, жеңиске ерисиў. Ҳәмме тамашаға келип, Ҳәр урыўдан палўан шығып, Кими жығылып, кими жығып, Нар кусап шайқасты бүгин (Бердақ). 2. Қулатыў, урып жерге түсириў. Хийўа ханның әскери, Жарақланған ләшкери, Жақынласып келгенде, Туўды қораз жығады (Бердақ). Бирэўдиң сөзин жығыў — бирэўдиң өтинишин, тилегин, жумысын орынламаў, питкермэў.