ЖЫР
Қарақалпақша
ат. 1. Өзине тән айрықша формасы бар әм қобызға қосып айтатуғын қосық.
Қумлар қарайды соңына, Ҳәрким әўес даўысына, Келер әмме жан қасыңа, Жыр төгесең бәрҳә, қобыз (Күнхожа).
2. аўыс. Өмир, ҳал-жағдай, тәғдир.
Өлгенше халық жырын жырлады, Әтеш сөзим менен өлсем жүзге асарман (Әтеш).
3. аўыс. Қосық, поэзия.
Сени сүйип жырым қанат байлаған, Қыялынды алып ушып барады (Т.Сейтжанов).
4. аўыс. Әңгиме, гәп, сөз.
Бул жырды тоқтатайық, жатып дем алайық.
0 Жыр емес — аңсат, оңай, ғәп емес, қыйын емес.
Жыр етиў — сөз етиў, гәп етиў, әңгиме етиў.
Жыр шығарыў — даў, жәнжел шығарыў, урыс-кейис баслаўға себеп табыў.