⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖЫЛАН

Қарақалпақша

ат. Ийреңлеп жүретуғын жер баўырлаўшылар топарына киретуғын тисли, уўлы ҳәм уўсыз омыртқалы жәнлик. Алдынан жылан кеселеп өткендей, Дүйсенбай адырайып гилт тоқтады (Т.Қайыпбергенов). 0 Жылан жалағандан етиў — дымын қоймай жеп қойыў ямаса алып кетиў. Жылан жылы — мүшел есабының алтыншы жылы. Жатқан жыланның қуйрығын басыў — өзи сүйкениў, бир нәрсениң болыўына өзи себепши болыў, басылып калған ҳәдийсени кайта қозғаў. Суў жылан — көбинесе, суўда жүретуғын сары бас жылан. Ордалы жылан — уясында топары менен жататуғын жылан. Жылан көз — қарашығы тарыдай кишкене өткир көз. Оқ жылан — қысқа ҳәм жиңишке атлыққыш жылан. Қыр жылан — қырда өсетуғын жылан. Қум жылан — кумда өсетуғын жылан. Жылан баўыр — жыланның баўырына уқсатып орап өрилген өрим. Жылан баўыр тобылғы, Зерли тилла камшысы менен, Саўырға сыйпап урады (Бердақ).