ЖЫЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Он еки айға тең болған ўақыт аралығы, сол ўақыттын ишинде жер қуяштың дөгерегин бир айланып шығады.
Көлдиң қуты қашса, Қутаны үш жыл бурын кетеди (КК.Х.Н.).
2. Қандай да бир жумыстың, оқыўдын басланғаннан тамамланыўға дейинги аралығы.
Оқыў жылы.
Аўыл хожалық жылы.
3. Көп ўақыт.
Сениң қублаға қарай жүрмегениңе бираз жыл болған усайды (А.Бекимбетов).
Жыл қайтарыў — мүшел тәртиби менен жылды есаплаў.