ЖУЎАП
Қарақалпақша
ат. 1. Сораўға берилген түсиник.
Хатқа жуўан қайтарыў.
Сораўға жуўап бериў.
2. Қандай да бир нәрсеге қатнасты билдиретуғын анық ҳәрекет, нәтийже.
Оның бул ғамхоршылығына табыслы ис пенен жуўап берейик.
3. Гейпара түркий тиллес халықлардың фольклор жанрларының түри.
Қарақалпақлардың турмысында айтыс, жуўаплар кең таралған (Н.Дәўқараев).
4. Руқсат, келисим.
Имтиханды қайтатапсырыўға жуўап алды.
Жуўан айтыў — сөзди шебер, тәсирли ҳәм астарлы етип биреўге қаратып айтыў.
Жуўап бериў — а) бир нәрсениң жуўапкершилигин мойнына алыў; б) берилген саўалға өз пикирин айтыў; в) руқсат бериў, мүмкиншилик туўғызыў.
Жуўапқа тартыў — тәртипке шақырыў, жынаятлы сыпатында айыплаў.