⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖОҚАРЫ

Қарақалпақша

кел. 1. Бийик, төменниң қарама-қарсысы. Жигитлер басын жоқары көтерип, көз астынан қызларға ғә жымыйып, ғә қыйылып қарайды (К.Султанов). Жоқары мағлыўматлы адам. 2. аўыс. Талапқа ылайық, талапқа жуўап беретуғын. Олар егисти жоқары сапалы етип тамамлады. 3. аўыс. Усыннан бурынғы, ҳәзирги, жаңағы. Жоқарыдағы айтылған кемшиликлер тез ўақыттын ишинде сапластырылыўы керек.