ЖОҚ II
Қарақалпақша
к.
с. Бир нәрсени бийкарлаў ушын қолланылады.
Артық аға көп ойланып отыра алған жоқ (Т.Қайыпбергенов).
0 Жоқ болыў — а) табылмаў, жойтылып кетиў; б) аўыс. Биреўдиң көзине көринбеў, белгисиз болып кетиў.
Жоқ қылыў — а) жумсап жибериў, саўып жибериў, жеп қойыў; б) аўыс. Қаматып жибериў ямаса өлтириў, куртыў.