ЖОРҒАЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Төрт аяқты тең таслап ырғалып, шайқалып жүриў.
Бедеў аттың жорғалағаны айып, Тазы ийттиң үргени айып (ққ.х.н.).
2. аўыс. Биреўге жарамсакданыў, жағыныў.
Қулымбет ҳәмел ушын жасаўыллар алдында қанша жорғаласа да, елатының ары ушын ғейде жан қыятуғын намыслы да бий (К.Султанов).
Оның еш еги жорғалады — ол үлкен жетискенликлерге еристи, абырайға ие болды, бахты ашылды, турмысы жақсыланды, иси келисти, талабы оңға айланды.