ЖОЛЫҒЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Биреў менен бир нәрсе ҳаққында сөйлесиў, әнгимелесиў, гүрриңлесиў.
Сизиң басшыңызға жолығыўға қыстаўлы жумысым бар (А.Бекимбетов).
2. Ушырасыў, дуўшакерлесиў, гезлесиў, тап болыў.
Жарақлыға жаў жолықпас (ҚҚ.Х.Н.).
Тамшыдан қашқан жаўынға жолығады (ққ.х.н.).