⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖОЛДАС

Қарақалпақша

ат. 1. Жолаўшының бирге жүрип баратырған қасындағы адамы. Булар еки патша көп жерге дейин жолдас болады (ққ.х.е.). 2. Өзиниң көзқарасы, өскен жәмийетлик ортасы, қарым-қатнасы, кәўли жағынан бир-бирине жақын сыйласық адам. Усы еки сөзди Айсөнем жолдасларына тамаша етип айтып турды (Ж. Аймурзаев). 3. аўыс. Қостары, жубайы, ерли-зайыплының биреўи. Урысқа кеткен өмирлик жолдасының келиўин күтти.