ЖИГИТ
Қарақалпақша
ат. 1. Жас ер адам.
Түри-түсине қарағанда өтирик сөйлейтуғын жигит көринбейди (Т.Қайыпбергенов).
Жигит болсаң қайың бол, Ҳәр бир иске қайым бол (ққ.х.н.м.).
2. Қыздың болажақ күйеўи.
Жигит ярының сөз рәмәўизинен айтажақ пикирин сезди (К.Султанов).
0 Жигит ағасы — жасы ортаға барған ер адам.