⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖИБЕРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир жерден екинши жерге биреўди жоллаў, атландырыў. Тойға ат жибериў. 2. Бир нәрсени салыў, тапсырыў. Студентке китап жибериў. 3. Руқсат етиў, жуўап бериў. Муғаллим оқыўшыны үйине жиберди. 4. Басқа сөзлерге қосылып келеди. Қалтасынан кишкене китапшасын алып, Атамурат бир тамсанып қойды да, сөзин баслап жиберди (Т.Қайыпбергенов). 0 Көз жибериў - қарап турыў, қараўыллап турыў. Ой жибериў — ақылға салыў, ойланыў. Қәте жибериў — қәтелесиў, алжасыў, жанылысыў.