ЖЕТИСИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тәмийинлениў, жеткерилиў.
Көп узамай техника да жетисти, Өз ретине бөлип алды көп исти (Т.Сейтжанов).
2. Келиў, жақынлаў, жақынласыў.
Анық хабар жетисти, Елдеги катын балаға («Ер Зийўар»).
3. Өсип шығыў, тәрбияланып шығыў, таярланыў.
Республикамызда хәр жылы көплеген жас илимпазлар жетисип шығып атыр.