⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖЕМ

Қарақалпақша

ат. 1. Ҳайўанатларға, қусларға берилетуғын (шөптен басқа) дән, дәнниң тазаланған қалдықлары, кепеклери, гүнжара ҳәм т.б. Басына теңгерип, күнде жети ўақ жем берип, Шубарды бағып-қағып, еки батыр жата берди («Алпамыс»). 2. Көбинесе жыртқыш ҳайўанларға хәм қусларға берилетуғын ғөш. Қулағы ербең етип жем көрген қаршығадай әлле қайда талпынды (Т.Қайыпбергенов). 0 Жем болыў — а) биреўге ямаса бир нәрсеге орынсыз шығынлар болыў, б) биреўге, басқаға буйырыў.