ЖЕЛИН
Қарақалпақша
ат. Сүт емизиўшилердиң емшеклериниң сүт безлери.
Илкилдейди семизликтен қара мал, Сыйырлардың жер тирейди желини (Т.Сейтжанов).
0 Желин қозғаў (көрсетиў) туўатуғын ўақыты жақынлаў (сыйыр, ешки ҳәм т.б.) туўралы.
Желини қуўраў — сүт бермеў (сүти қашыў).
Желин қап — ылақ ямаса қозылары емип қоймаў ушын саўын қой-ешкилердиң желинине арналып тигилип, белине байлап қоятуғын шүберек, дорба, кишкене қапшық.