ЖЕЛИМДЕЙ
Қарақалпақша
кел. Желимге усаған, желим сыяқлы, желим тәризли.
Жердеги балшық желимдей аяғыңды жерден төрт ели көтертпейди (Н.Дәўқараев).
0 Желимдей жабысыў — а) бир нәрсени сорап ямаса өтиниш етип жибермеў, б) асылыў, жибермеў.
Желим ылай — гербиштен пақса өргенде, печь салғанда, тандыр қурғанда пайдаланылатын арнаўлы таярланған ылай.