ЖЕГИЗИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тамақландырыў, аўқатландырыў, асатыў.
Бизлерге тамақты ҳаялларымыз жегизетуғын еди, — деди Аллар көсе қызға (ққ.х.е.).
2. Ақшаны, мал-дүньяны ҳәм т.
б.
қандай да бир мақсет пенен биреўдин жекке мәпине жумсаў.
Шерип үйине келип, ертеңине ақсақалдан ақшасын расход етип ғаррыларға жегизип ишкизди (Қ.Ирманов).
3. Дәм таттырыў, аўыз тийдириў, ишкизиў.
Жетелеп кирғизип мектеп бағына, Жегиздиң турмыстан шийрин мийўаны (И.Юсупов).