⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖАҢҚАЛАҚ

Қарақалпақша

ф. 1. Ағашты ямаса сексеўилди отқа жағатуғын етип майдалаў. 2. Өз хожалығында ири малды қамалына келтирип, семиртип сатып оның орнына жаслаў сондай малды алып өсирип мәп көриў. Бердимурат бузаўды өгиз болғанша сақлайды да, оны сатып орнына тағы бир бузаў алып жаңқалаў менен күн көреди. 3. Үлкен малды өзине алып, оның орнына кишкене малды қосып ҳийлекерлик пенен күн көриў. Колхоздың ири малын киши малға жаңқалайман деп Төлеген бәлеге шатылды.