ЖАҚТЫЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Нур, жақты сәўле.
2. аўыс. Бир нәрсениң тәсири, пайдасы, нәтийжеси.
Қуўраған шөллерди нурға бөлентип, Даңқлы елге мол жақтылық жағаман (Ә.Шамуратов).
Аўыс. Жақты дүнья, азатлық, еркинлик, бостандық.
Ғәрип-қәсер пақырларға, Көрмейтуғын соқырларға, ҳеш ўақыт мөмин қулларға, ҳеш жақтылық болған емес (Бердақ).
3. аўыс. Артта қалыўшылықтан қутылыў, бахытлы турмысқа шығыў.
Қанша кеўиллерге нур берер жақтың! (И.Юсупов).