ЖАҒАЛАСЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир-бириниң жағасынан услаў, айкасыў, тартысыў.
Усы ўақытта ғаздың ийеси шығып, жасаўыллар менен жағаласса, бирлиги болып қырқысыўға таяр еди (К.Султанов).
2. аўыс. Айтысыў, герилдесиў, өжетлесиў.
Хан менен жағаласқан Айдос туқымларының қырғын болғанын умыттың ба? Бүгин тағы салыққа қыйнайсыз (К.Султанов).
Жақын дос жағаласыўға қолай.