⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖАРАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Урысыў үшин керекли қураллардың жыйынтығы, қарыў-жарақ. Сендей мыңлаған орыс, украин қызлары қолына жарақ алып жаўға қарсы урысып жүр (К.Султанов). 2. Устаның қураллары, әсбаплары. 0 Жарақ көтериў — жаўға қарсы қурал алып шығыў.
ф. 1. Дәртке асыў, пайдаға асыў, унаў, пайдасы тийиў, бир нәрсеге шамасы келиў. Көрейин келбетинди көзим менен, Жүрерсең мүмкин аўыр күнге жарап (Әжинияз). Муҳаббатым, мурадым — Москва, ҳәр күниме жарадың — Москва (И.Юсупов). Қыз айттырып жүре алмаспай жан балам, Жарамаспан саған кәткудалыққа («Мәспатша»). 2. Буўра түйениң айғырлық етиўи, желигиўи. Буўырқанып баратыр, Мысал жараған үлектей («Мәспатша»).