⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖАН

Қарақалпақша

ат. 1. Адамның психикалық ишки сарайы, ой-санасы, тиришиликтиң белгиси, руўхый қәсийети. М.И.Калинин жазыўшыларды адам жанының инженери деп атады. 2. дин.с. Адамдарға, жанлы-жаныўарларға тиришилик беретуғын руўх. Ески көзқарас бойынша адамның жанын әзирейли деген периште келип аладымыш. 3. Жүректен бойға тараған қан, жүректиң соғыўы. Геўдеде жан турғанда тиришилик болады, денедеги жан кетсе, адам өледи. Кемеге мингенниң жаны бир (ққ.х.н.м.). 4. Адам, мақлуқ, тири нәрсе. Үйде тырп еткен жан жоқ. 5. Сыйлаў, қәдирлеў, хүрметлеў. Жан ана саған қурбанман, ақ сүтинди акдаўға. 0 Жан аямаў — барлық киши ҳәм интасы менен. Жаны жай тапты — жаны ҳәз етти, рәҳәтленди. Жан баспады — ҳеш ким жоламады, ҳеш ким келмеди, ҳеш ким бармады. Жаны бар — тийкары бар, негизи бар, дәлили бар, бир нәрсеге сүйенип айтылған. Жан басыў — қара басының ғамын ойлаў. Жан дос — ең жақын ҳәм қыймас дос. Жан сақлаў — күн көриў, тиришилик етиў. Жан тапсырыў — қайтыс болыў, өлиў, қазаланыў. Жаны көзине көриниў — а) бир жери аўырып қыйналыў, б) шаршаў, болдырыў, қарыў. Жан-тәни менен — барлық ықласы ҳәм күши менен, барлық интасы менен. Жанындай көриў — әбден жақсы көриў. Жаны қалмаў — әбден қорқыў, шоршыў. Жарымжан — күшсиз, әззи, ҳәлсиз адам. Жанын жеў — көп қыйналыў. Жанға тийиў — аўыр сөз айтыў, ашыўын келтириў. Жалма-жан — оғада тез, жүдә тез. Жан алқымда турыў — жаны шығайын деп турыў, әззилеў, ҳәлсиреў. Жан алғыш — диний түсиник бойынша қайтыс болайын деп атырған адамның жанын алатуғын периште, әзирейли. Жан ашыў — қыйналыў, аяў.