ЖАЛЫНЛЫ
Қарақалпақша
кел. 1. Жалыны бар, жалыны күшли, қызыўы күшли.
Оттың жалынлы жарығы жән-жаққан, сабанхананың ишин жарықлатып турды (А.Бекимбетов).
2. аўыс. Жигерли, қызғыңды, йош.
Оның бул сөзлери шын жүректен айтылған жалынлы сөзлер еди (Ж.Сейтназаров).
Ҳаққа налыс еткил енди, әрман менен кеткил енди, Айтқан сөзим питкил енди, өтти жалынлы күнлерим (Бердақ).
0 Жалынлы сәлем — сағынышлы, интизарлы, шын жүректен.
Қарақалпақстанның пайтахты Нөкисте болып атырған Татарстан әдебияты менен көркем өнери ҳәптелигине қатнасыўшыларға жалынлы сәлем.