ЖАЛЛАЎ
Қарақалпақша
ф. гөн.
с. 1. Бирэўдиң ямаса көликтиң күшине хақы төлеп мийнетинен пайдаланыў.
Болмаса, ат жаллап келсеңиз, неге дәслеп усы үйге бурылмадыңыз? (К.Султанов).
Қулмурат болыс бизлерди қаралаў ушын он гүўа адамды ақшаға жаллап келди (Қ.Ирманов).
2. аўыс. Мәзи тил ушы менен жәрдем көрсеткенсиў.
Жаман менен дус болсаң, өзиниң басын қорғайды, қуры тилин жаллайды (Қ.Айымбетов).