ЖАЛАЎ II
Қарақалпақша
ф. 1. Тилдиң жәрдеми менен аўқатланыў.
Сүмелекти жалаў.
2. Малдың, хайўанаттың өз баласына иш тартып емирениўи.
Қой қозысын, ийт күшигин жалайды.
3. аўыс. Шарпып өтиў, сыйпап өтиў.
Аяқ-қолды аяз жалап шыдатпай баратыр (Қ.Досанов).
Жылан жалағандай етиў — дым қоймаў, дым қалдырмаў.