ЖАЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Жылқының, ешектиң, ғашырдың, арысланның желкесиниң үстине өскен қалың ири қыл.
Қулағың жырылып жалың жатыпты, қандай сүргин көрип келдин Ақ боз ат? (ққ.х.қ.).
2. Қарықтың еки бойы.
Үш жалдан алып отаў.
3. Узынша кеткен дөңес қыр.
Көк жал — а) қасқырдың көпеги, б) батыр, ғайратлы, күшли, қарыўлы.
Жал қамыс — шелдиң бойына узынша қолдан еккендей болып көринетуғын қатара көгерген қамыс.