ЖАБЫЎЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ғейпара үй ҳайўанларының үстине жабыў салыў.
Қазының жетегинде көпек ийит бар екен.
Ийиттиң үстин алаша менен жабыўлап, айыл таққан.
Басына жипек ноқта кийгизген (К.Султанов).
2. Бир нәрсени көринбеў ушын үстин бастырыў.
3. Қара үйдиң үстин кийиз үзик ямаса брезент пенен жабыў.