ЖАЎЫН
Қарақалпақша
ат. Ҳаўада ығал түринде түсетуғын суў тамшылары.
Жаўын шелеклеп қуйып тур.
0 Өткинши жаўын — тез жаўып өтетуғын жаўын.
Май айының ишинде де өткинши жаўынлар болып турады.
Абылайсаң жаўыны — бәҳәрги ең соңғы жаўын.
Нөсер жаўын — көп ўақытқа созылатуғын күшли жаўын.