⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖАЎДЫРАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир нәрсени тилегендей, сурағандай ямаса күткендей болып қараў, тигилиў. Тулымшағы салбырап, дәу қолында көринди, Қоблан атты жалғыздың, еки көзи жаўдырап («Қоблан»). 2. Бирден хәўижленип көгериў, патлайысып шығыў. Жап бойында жаўдырап, көгерди сүтилмек (И.Юсупов). 3. Жақты болып көриниў, нурын шашыў. Жаңа ай жаўдырап көп турмады... (А.Бекимбетов).