ЕҢКЕЙИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ийилиў, бүгилиў, басын төмен алыў.
Булардың ишинен Еримбет бой тиклей алмай еңкейе берди (К.Айымбетов).... еңкейген ғарры, еңбеклеген жас, жетим-жесир, ғәрип-қәсер көп еди журтымда («Мәспатша»).
2. Күнниң, айдың, жулдыздың уясына қарай жақынлаўы, батыўға айланыў.
Куяш батысқа қарай еңкеймекте (Ө.Айжанов).
Күн еңкейип қалғанлықтан жер бетинде булдыр сәўле ойнап жүр еди (Қ.Смамутов).
Бул гөззал қаланың сулыў келбетиң бир мен емес, күн еңкейип сүйгендей (Б.Қайыпназаров).
3. Төменлеў, кулаў.
... қамыс қоралардың да түби ширип, еңкейип қулаў алдында тур,... (К.Султанов).