⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕШКИ

Қарақалпақша

ат. Үлкенлиги қойдай, кийикке усаған шақлы, мүйизли усақ, майда маллар, маллардың бир түри, усақ жанлық. Қойды жел алса, ешкини аспанда көр (ққ.х.н.м.). Есигинде жүрген дийқанның жалғыз ешкиси бар екен (Қ.Айымбетов). Ешки болып ылағым, Қошантайым қой болар (И.Юсупов). 0 ЕШКИ-ЫЛАҚ усақ жандықтың жыйнақды аты. ... ешки-ылақтың маңырағаны да ап-анық еситиледи (Қ.Айымбетов). ЕШКИ-ПЕШКИ ешки ҳәм басқа да ҳәр түрли майда маллар. Ал енди, қалған айлықларынызға ешки-пешки алағойынлар, - деген сөзи унамаған еди (Ж.Айымбетов).