⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕТКИЗИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Ислеттириў, орынлатыў, еттириў, бежертиў. Абаттың бир өзине қораның кемис-қутықпарының ҳәммесин еткизди («Жеткиншек» г.). 2. Бир нәрсени ислетиў. ЖЫЛТ-ЖЫЛТ ЕТКИЗИЎ отты, жақтыны үсти-үстине ислеў, жылтылдатыў. Буннан кейин ол гә қасқыр талап атырған ешки, гә қозылап атырған қой болып маңырады, үсти-үстине жылт-жылт еткизип от та шығарды (Ө.Хожаниязов). САРТ ЕТКИЗИЎ тарсылдатыў, дүкилдетиў. Шийрингүл жайдың қапысын сарт еткизип ашып босағадан еңтериле атлап ишине кирип келди (К.Смамутов).