⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕТЕК

Қарақалпақша

ат. 1. Кийимниң төменги жағы, шалғайы. Ҳәзир деп етегине асылып дәстүрхан жайды (К.Султанов). Мен оның сүти жерге төгилмесин деп етегимди туттым (С.Айний). Кемпир етегине қуйылып аққан көз жасын жеңи менен сүртти (К.Султанов). 2. Таўдың хәм тағы басқа нәрселердиң төменги жағы, жийеғи. Неғе екени белгисиз, бүгин ол көлдиң етегине көбирек қарайды (Ө.Айжанов). Таўдың етегинде, үш қарақшы бар (ққ.х.е.). Аўлақ жерде алаңның етегинде, Еркин ойнап еки жас маўқын басты (Ж.Аймурзаев). 3. аўыс. Белден төменги жақ, әўерет. Бул дүньяға шыққалы, Есимди билип иңғәлап, Етегимди жапқалы, Қайғының суўы қандырды (Жийен жыраў), Етеги келиў — мед. Ҳаял-қызларға тән жагдай, олардың ержеткенлик белгиси, туқым қалдырыў мүмкиншилиғи, жыныс безлериниң ояна баслаўы. Етегине салыў — бала туўмаған ҳаялға келешекте перзентли болар деген ырым қылып ерли-зайыплыларға жақын ағайинлериниң өз перзентин бериўи, инам етиўи. Жамалды жасында Тилэўмураттың хаялының етегине салған екен (ққ. кем. атл.).