ЕССИЗ
Қарақалпақша
кел. 1. Есин билмеўи, еси жоқ, есинен айырылған.
...ессиз сәррийип жатқан жеринен зорға таўып алып, үйине көтерип әкелген (А.Бекимбетов).
Таяқурып тум-тустан, Ессиз етип сулаттық (Ж.Аймурзаев).
2. Ақылсыз, ақылы жоқ, мәжгүн, ақмақ, Ҳәтте, оны көрсе кемпир-ғаррылар, Еслер еди ессиз жаслық шақларын (И.Юсупов).