ЕСКЕРТИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Айтып қойыў, есине салыў, хабарлап қойыў, ойына түсириў, қулақ қағыс етиў, қулақдандырып қойыў, тапсырып қойыў.
Мәжилистеги қатнасыўшылардың ескертиўине өжетленип Генжалиев көнбеди, өзиниң усынысын өткизди (Қ.Айымбетов).
Ертең келип сол шәртти орынлайтуғынын ескертип жиберди (ққ.х.е.).
2. Ҳәкимшилик жазаның жеңил түри.
Жыйналысларға бир неше рет кеш келгенлиги ушын Аймуратовқа ескертиў берилди («ҚЖ» г.).