⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕСКЕРИЎ II

Қарақалпақша

ф. Ойына алыў, есине түсириў, кеўилге алыў, ядқа алыў. Деген менен, қарақалпақ жазыўшыларының арасында урыстан соңғы жыллары ескерген,... (Г.Есемуратова). ... қуўанғанымнан буның менен ушырасқанымды ескерип қойдым.... (Ө.Хожаниязов). 0 Еске алыў — ойлаў, қыяллаў, ядлаў, еслеў. Еске алсам өткен күнди, Ғаррым мениң еди аш, Көмек берип оған бәрҳа, Жүрген мен бир едим жас (Д.Назбергенов). Еске түсиў — ойға келиў, ядқа келиў. Хорезмдеги елаты, Ерксиз еске түседи («Қырқ қыз»). Еске түсириў — ойға келтириў, ядқа келтириў. Қарақалпақдардың бүгинги турмысы туўралы еске түсиргенйе усыны сезеди (Г.Есемуратова).