ЕСИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қабықты, жекенди, шашты, арқанды ҳәм жипти есип шыйратыў, бураў, таўлаў.
Төрт қырлап ескен кендир жип ыйығын әбден кесе баслады,... («Қырқ қыз»).
Ешкилерден, қойлардан жүн қыркып, узын арқан еседи (ққ.х.е.).
2. Самалдың, даўылдың, желдиң соғыўы.
Ашылған бағда гүл-ғумша, Байталын шапты өлгенше, Ескен шамал тынғанша («Мәспатша»).
Қәҳәринен қалмақтың, Аркадан суўық жел ести («Қырқ қыз»).
Арқадан ысқырып даўыл есерме, Аспанның жулдызы жерге түсер ме («Қырқ қыз»).
3. Кемени, қайықты ескек пенен жүргизиў, ҳәрекетке келтириў.
Борис ескекти есип-есип жиберди (Ж.Аймурзаев).
Жазда ескекши болып ескек ессе, қыста сүймен урып жылым тартты (М.Абдраймов).
0 Жекен есиў — жекенди шыйратыў, таўлаў, бураў.
Жекенди есип, арқан етип, қамысты пуқгалап қыршыды (К.Султанов).
Шылбыр есиў — шылбырды (жуўан арқан) шыйратыў, бураў, таўлаў.
Егер де мен оның, әкеси болсам, Шылбыр есер едим оның шашынан (И.Юсупов).
Шашбаўларын таллап есиў — шашты тал-тал қылып жиңишке етип көп бурымлы етип өриў.
Қызларының аты Несип, Шашбаўларын таллап есип, Ўәделесип күнин кесип, Мудам жүрсем қызлар менен (ққ.х.қ).
Уйтқып есиў — самалдың былағай болыўы, суўытыўы.
Бағана уйтқып есип турған самал басылған екен (К.Султанов).
Гүўилдеп ескен қатты самал жер дүньяны қопарып астын үстине аўдарғысы келеди (А.Бегимов).
Дыр есиў — аўыс. изли-изинен шығыўы, ҳәўижлениўи.
Дос көп болса душпан қәўипли емести.
Жолдас десем жүрегимнен жыр ести (И.Курбанбаев).
От есиў — аўыс. Ыссы самалдың соғыўы.
Елп еткен жел жоқ, қайта жалын аралас от еседи (Ө.Хожаниязов).