ЕРМЕК I
Қарақалпақша
ат. Алданыш, жубаныш, ўақыт өткериў, бир нәрсе менен бәнт болыў.
Үйдеги-дүздеги жумысын биреўлер атқарып жүрген соң иелерге хызмет таппаған байға ермек керек (Қ.Султанов).
Оған ермек болатуғын баласы болды (Ө.Айжанов).
0 Ермек қылыў — алданыў, жубаныў, бәнт болыў.
Оның жалғыз қысыр сыйырын отлақ жерге жетеклеп бағып, изинен қара кешке шекем соны ермек қылып жүре берди (ққ.х.е.).