ЕРМАНЫ
Қарақалпақша
ерманы жыңғыл кел. Бүршикли, шақалы, жуўан түбирли болып өсетуғын жыңғылдың бир түри.
Ыссылыққан көкиреги қысып, демин ала алмаған ғарры бир ерманы жыңғылдың түбине барып омақазан атып тағы жығылды (Т.Қайыпбергенов).
Ири тораңғыллар, жуўан ерманы жыңғыллар изшилерге жол силтегендей дизилисип, артта қалып баратыр (Т.Қайыпбергенов).
2. Ерманы — жыңғылдың бир түри болып, оны үрпекбас деп те атайды.