ЕРЛИК
Қарақалпақша
ат. Батырлық, жүреклилик, батылдық, ғайратлылық, хүжданлылық, жигерлилик.
... я қорлығын, я зорлығын, я ерлигин көрип қайтайын («Мәспатша»).
Жигитлери Сарқоптың, Көрсете алмады ерликти («Қырқ қыз»).
Ерлиги асып, Ғайраты тасты («Алпамыс»).
0 Ерлик етиў — қаҳарманлық қылыў, жигерлилик етиў, адамгершилик ислеў.
Сөйтип булар ерлик етти, Болды ойлаған нийети (Бердақ).
Ерлик байрақ — қаҳарманлық пенен пайда болған байрақ, жеңис.
Дүрсилдескен жүреклер толқып, Көтерилер ерлик байрағы (Т.Сейтжанов).