⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕРКЕК

Қарақалпақша

ат. 1. Ер жыныслы адам, киси. ... бизлердиң алдымыздан төрт еркек адам ушырасты,... (Қ.Айымбетов). 2. Күйеў, бай, жубай, қостар, жупты. Еркеги ашыўланса ҳаялы басылады, ҳаялы ашыўланса еркеги басылады, — деген турмыстың бурыннан киятырған дәстүри ғой, — деп күлисти олар (Қ.Айымбетов). 3. Ҳайўанатлардың жанлы-жаныўарлардың ҳәм де жәнликлердиң туқым шашатуғын ер жыныслылары.... фермадағы барлық еркек қозылардан урғашы қозыларды өз алдына айырды,... (Ж.Сейтназаров). Еркек гешир — геширдиң қатты болып тарамысқа айналған түри. ...атыздағы еркек геширлерди жулып тасладым, — деди кемпир (Қ.Аралбаев). Еркек даўыслы — хаялдың даўысының еркек адамның даўысына усаўы, ири даўыслы хаял-қызлардың даўысы. Еркек даўыслы, түр-түси суўық хаял (А.Бекимбетов). Еркекке тайлас — хаялдың еркек адамға тең, барабар екенлиги, тай келиўи. ... Сәпиўранын еркекке тайлас мәртлиги Избанды бир қолы менен байлаған,... («ЕҚ» г).