ЕРИЎ II
Қарақалпақша
ф. Бир нәрсениң изинен жүриў, қалмаў, жолдас болыў.
Қызлар мойнын бурмайды, изине ереди (Г.Есемуратов).
Усылай жүре бересең бе ямаса кейнине ересең бе ямаса кеўилинде басқа бир ой бар ма? — дейди (Қ.Айымбетов).
...Жийемурат ерип киятырған ақ айыўдай көпек ийтке қарады (А.Бекимбетов).
0 Шуғыл сөзге ериў — инаныў, исениў.
Түскен жери таслақ жерди, шын деп шуғыл сөзге ерди («Мәспатша»).
Алдаў тилге ериў — алдаўлыққа түсиў, исениў, инаныў.
Еки бирдей жан достым, Беррегирек кел достым, Алдаў тилге ериппен (Бердақ).
Көшке ериў — көшиўшилердиң изинен қалмаў, изинен жүриў, илесиў.
Соның ушын аталар! Көшкен көшке ериңлер (Жийен жыраў).
Бузақылыққа ериў — жаман адамлардың бузық сөзине исениў, инаныў, бузылыў.
Мен «шын» достымның бузақылығына ерип ҳүжданымнан, адамгерш илигимнен, ағайин-туўғанымнан айырылдым (А.Бекимбетов).
Досқа ериў — жақсы адам менен бирге болыў.
Душпанынды қойып досқа ересең, Теңиң менен аз күн ойнап күлипсең («Қырқ қыз»).
Ошағандай ериў — жабысыў, қалмаў.
Солай болса да Жумагүлдиң изине көп сөз ошағандай ере берди (Ө.Айжанов).
Атағы ериў — лақабы қалмаў.
Мал баққан атағы ерип қалмады, Бизди сол талапқа қарыйдар етти (А.Дабылов).
Сүйретки ериў — бир нәрсениң илинип қалмаўы, гәп-сөз болып жүриў.
Болмаса изиңе сүйретки ереди (Ө.Хожаниязов).