ЕРГЕНЕК
Қарақалпақша
ат. 1. Қара үйдиң аўзына курылатуғын, еки жақлы есик.
Ергенегин отаўдың лалы тастан ойдырды («Мәспатша»).
Ағаш ергенектиң екеўи де табалдырыққа шекем нағысқа сырғып тур (К.Султанов).
2. Қораның аўзына курыў ушын ағаштан иеленген есик.
Әстен ергенегин ашып қораның, Маллар түрди күндегидей кулағын (Ж.Аймурзаев).