⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕП

Қарақалпақша

ат. 1. Усыл, ийкем, ыңғай, бейим, қолай, әдис. Ҳәмме ўақыт барлық нәрсеге еп етеди де жүреди, — деп тоңқылданды кемпир (Б.Кербабаев). ... Сәлийма бирдейине еп ислейди,... (К.Султанов). 2. Үнем, ҳийле, тәсил, жол. ... қонақ күтиўде де еп ислейсең, — деп ҳаялына кейиди үй ийеси (Қ.Айымбетов). 0 Ебин табыў — жолын билиў, ыңғайын билиў, ретлестириў, жайластырыў, қолайын табыў, ретин табыў. Турды шофёр машинаға ход берди, Тас бөгеттен ебин таўып өткерди (И.Юсупов). Пароходқа жүк тийэўши-грузчик болып кире аласаң кел, ебин таўып матрослыққа да кирип кете аласаң (Н.Дөукараев).