ЕНТИГИЎ
Қарақалпақша
ф. Ҳашығыў, асығыў, катты дем алыў, солығын баса алмаў, жүреги қысылыў, демигиў.
— Бунша ентигип қайда қашып баратырсыз? — деди (ққ.х.е.).
Айшагүл ентигип, тез-тез сөйледи (А.Бекимбетов).
Ҳәм күлип, ентиғип, қарамай журтқа, Айман менен бирғе шыққаны сыртқа (И.Юсупов).