⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕНИЎ

Қарақалпақша

ф. Пайда болыў, кириў, орнығыў, бинә болыў, дүньяға келиў, араласыў. ... оқыўға көп кете баслады, ҳәмме оқыўға енип, жумыла атланды (Қ.Ирманов). Қаттырақ жүрип үйге келдим де, уйқы кушағьша ендим,... (Ө.Хожаниязов). Сонда халқым келгендей-ақ жаныма, Қызыў енер тамырдағы қаныма (И.Юсупов). 0 Түр ениў — өзгериў, кубылыў, дөниў. Барлық адам ақырындап түргелди, Жүзлери өзгерди басқа түр енди (Ж.Аймурзаев). Түсине ениў — түсинде көриў, түсине аян бериў, түс көриў, уйқылап атырғанда көриў. Ашық болдым шийрин жаным жолында, Түсиме енип ғайыбана бир батыр («Мәспатша»). Баяғы шақасы сынған жас емен, Гейде шақырар оны, түсине енер (И.Юсупов). Диңке-дәрман ениў — күш-куўат кириў, күш кириў.... буннан маған диңке-дәрман енгендейболары (Ө.Хожаниязов). Куўат ениў — күш, карыў кириў. Тыйылып көзден жасларым. Қуўат енди бойыма («Қырқ қыз»). Жан ениў — жан кириў, тирилиў. ...пүткил ағзасын хәрекетке келтириўдин аркасында Шерипке жан енди (Қ.Ирманов). Ақ ениў — ақ кириў, ағарыў. Ақ енип қалыпты сақал, мурт, шашқа, Мийнеткеши усы екен яранлар (Бердақ). Еси ениў — ақылына келиў, ақылы толысыў, ержетиў, бой жетиў. Енди есиң енетуғын ўақгын жетти (Т.Қайыпбергенов). Гүллениў — көркем болыў, сәнге бөлениў. Гүл үстине гуллер енген, Алтын нурлы жақтың танын (Т.Әбдираманов). Әжим ениў — жыйрық ениў, жыйрық болыў, бети гөнериў. Жүзине айғыз-айғыз әжим енди (К.Султанов). Ажар ениў — сулыўланыў, форма ашыў. Солғын келбетине қайтадан ажар енди (К.Султанов). Шадлық ениў — куўаныш пайда болыў, кэўиллениў. Дәўдин тула бедени, Ерип, зор шадлық енип (Ҳ.Алимжан). Сүйегине ениў — дин. Марҳумды жуўыўшылардьщ қатарына кириў. Қатынның суйегине ениўге, дәмеси бар хәр тийрениң аз ғана жылмақайлары да бүлк еткен жоқ (Н.Бөрекешов).