⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕНЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Ана, шеше. Неке жағынан туўысқанлық атама. Ҳаял адам ушын еринин туўған анасы, қәйин атасының анасы да ене болып есапланады. Қыз дегенин мийман екен, Ата-енеси қыйған екен, Елден саяқ жыйған екен, Мудам иши өрман екен (ққ.х.к.). 2. Ҳаялдың күйеўинин анасы.... бизиң енем урыс басланған күннен баслап-ақ белин беккем буўды (К.Султанов). Мен енемди анамнан да артық керемен (Ж.Аймурзаев). — Жылама, ене! — деди ол (К.Султанов). 3. Жанлы-жаныўарлардың балаларының, төллериниң анасы. ...бузаўды енесинен айырған екен,... (Қ.Айымбетов). ...бул бизлердеги бурыннан қиятырған ене сыйыр еди,... (Қ.Аралбаев). 0 Мурындық ене — жигит пенен қыздың турмыс қурғаннан кейин тазадан сайланатуғын анасы. Мурындық ене болса баяғыда болыпты (Т.Қайыпбергенов). — Ол қатын Турымбеттиң бурынғы мурындық енеси (Т.Қайыпбергенов).